• Қарақалпақ тилинде жуп келбетликлердиң жасалыўы Бекбергенов Қ. А.
  • Таянч сўзлар
  • Келбетлик+келбетликтипи
  • Мазмуны: тил ҳӘМ Әдебият бекбергенов Қ. А




    Download 2.05 Mb.
    bet4/89
    Sana02.03.2022
    Hajmi2.05 Mb.
    #7812
    1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   89
    Тухтахужаев Х.Б.ФИЗИЧЕСКАЯ КУЛЬТУРА КАК ФАКТОР АДАПТАЦИИ ОБУЧАЮЩИХСЯ К ОБРАЗОВАТЕЛЬНОМУ ПРОЦЕССУ…………………………………


    ТИЛ ҲӘМ ӘДЕБИЯТ


    Қарақалпақ тилинде жуп келбетликлердиң
    жасалыўы


    Бекбергенов Қ. А.-Өз РИА Қарақалпақстан бөлими
    Қарақалпақ гуманитар илимлер илим изертлеў институты


    Таянч сўзлар: қорақалпоқ тили, сифат, жуфт сифатлар, жуфт сифатларни ясовчи типлар, жуфт сифатларни ясовчи моделлар, унумли типлар, унумсиз типлар
    Ключевые слова:каракалпакский язык, прилагательные, парные прилагательные, типы образования парных прилагательных, модели парных прилагательных, продуктивные типы, непродуктивные типы
    Key words:the karakalpak language, the adjective, paired adjectives, types of paired adjectives, models of paired adjectives, productive types, non-productive types.

    Жуп келбетликлер предметлердиң түр-түсин, формасын ҳәм т.б. белгилерин ҳәр тәреплеме күшейтип көрсетеди. Мәселен, рең, түр-түс: ақ-қара, қызыллы-жасыллы; дәм, маза: ашшы-душшы, шийрин-шекер; предметтиң формасын, көлемин ямаса жай-жағдайын: жуўан-жиңишке, арық-семиз, аман-есен, аш-жалаңаш, майда-шүйде, узынлы-қысқалы, уллы-киши, саў-саламат, аш-арық ҳәм т.б.


    Жуп келбетлик компонентлериниң мәнилери көпшилик жағдайда бири бирине антонимлик қатнаста болып келеди. Сонлықтанда оның улыўма мәниси улыўмаластырыўды, жыйнақлаўды, күшейтиўди билдириў менен бирге ажыратыў, айырыў мәнилеринде аңлатады. Мысалы: Ал кишкене жигит олардың гәпине қулағын салғаны болмаса, артық-кем сөз қоспады (К.Султанов). Уллы-киши жигитлерин жыйнады (А.Муўсаев).
    Ҳәзирги қарақалпақ тилинде жуп келбетликлер жасалыўы бойынша бирнеше типлерге бөлинеди:
    Келбетлик+келбетликтипи
    Бултипөнимлиқолланылады. Бундайжупкелбетликлердиңкомпонентлеритүбиркелбетликлерденде, дөрендикелбетликлердендеболабереди:
    а) түбиркелбетлик + түбиркелбетликмодели: аман-есен,аман-саў, ақ-қара, аўыр-жеңил, аш-арық, үлкен-киши, жақсы-жаман. Мысаллар: Бақырсамдажақын-жуўыққоңсы-қобаболмағаннансоңҳешкимеситпеди (Т.Қайыпбергенов). Уллы-кишимүбәрекболсындедилер (А.Муўсаев).
    Бирақсениңорныңбөлекоғада,
    Дослардыңдажақсы-жаманыболар (И.Юсупов).
    б) дөрендикелбетлик + дөрендикелбетликмодели. Булмодельдиңкомпонентлерибирдейаффикслержәрдеминдежасалады.
    Ҳәзиргиқарақалпақтилиндежупкелбетликкомпонентлерикөбинесе-лы//-лиаффиксимененжасалғанкелбетликлерболады: азлы-көпли, атлы-арбалы, ерсили-қарсылы, оңлы-соңлы, үйли-жайлы, ойлы-қырлы. Мысалы: Бирақегисилгерили-кейинлиболады (Ө.Хожаниязов). Адымымдыкерипбасыперсили-қарсылыжүрипкеттим (Т.Халмуратов).
    Кеўилгәзаўқы-сапалы,
    Баздақайғылы-қапалы (И.Юсупов)
    Анаўларыңөлимжазасыналадыда, төртеўиңбәлентли-пәсли, узынлы-қысқалыболыпСибирьдәрьяларындасалдаўтартасыз, шырағым! (Ш.Сеитов).
    Азлы-көплиабырайдан
    Үзгендейсеңгүдериңди (И.Юсупов).
    Қарақалпақтилиндегикелбетликлергеәдеттекелбетликжасаўшы–лы//-лиаффиксижалғанбайды, бирақжупкелбетликлердиңқурамындабулаффикскелбетликлерменендеқолланылады. Мысаллар: Ирили-майдалыболарәрманлар (И.Юсупов).Ирили-усақлыжулдызлардакөринеди (К.Алламбергенов). Сарыжайататуғынбәлент-пәслитекше-текшегезелерсалынған (К.Алламбергенов).
    Ф.А.Ганиевбундайформалардытилдиңраўажланыўыныңескидәўириндепайдаболған, олўақытта–лы//-лиаффиксликелбетликлергедееркинжалғанғандепесаплайды.
    Көрсетилгенмодельдегижупкелбетликлербирбелгиниемес, албелгиниңҳәрқыйлыекенлигинбилдиреди. Мысалы: Қызыллы-жасыллыҳәрқыйлыдәри-дәрмақлардытаңлапқойыпатырған (К.Алламбергенов).
    Жупкелбетликтиңкомпонентлери–малы//-мели, -балы//-бели, -палы//-пелиаффиксиарқалыжасалғанкелбетликлердендеболады: алмалы-салмалы, аўмалы-төкпели, ашылмалы-жабылмалы, үймели-төкпелиҳәмт.б.
    в)дөрендикелбетлик + келбетликмодели: уйқылы-ояў, ыссылы-суўықҳәмт.б. Мысаллар: Жерлерболса, гедир-будыр, ойлы-бәлент (К.Алламбергенов). Көзимуйқылы-ояўболғанымененкөкирегимсергекеди (Ш.Сеитов). Бәримағанусағанақсақ-майыпжанлар (К.Алламбергенов).
    г)–ый//-ийаффиксликелбетлик + лы//-ли, -лық//-ликаффиксликелбетликмодели: тарийхый-салыстырмалы, сиясий-жәмийетлик, мәдений-массалық, илимий-фантастикалық, әдебий-критикалық, әскерий-патриотлық. Мысалы: Жаслардыңарасындамәдений-массалықжумысларыналыпбаратуғынболдым (Т.Халмуратов).
    Бултиптегижупкелбетликлердиңкөпшилигидерликрустилиненкалькаусылымененөзлестирилген. Ҳәзиргиқарақалпақтилиндерустилиниңусындайқоспакелбетликлеринөзлестириўдеолардыңкомпонентлериниңарасындағыбайланыстыесапқаалыўкерек. Егердеолардыңарасындағыбайланысқарақалпақтилинеөзлестирилгенненкейиндизбеклиболыпарасынаҳәм,менендәнекерлеринқойыўмүмкинболса, оларжупкелбетликболадыҳәмкомпонентлериниңарасынадефисқойылыпжазылады: сиясий-жәмийетлик (сиясийҳәмжәмийетлик), аграрлық-индустриаллық (аграрлықҳәминдустриаллық), тарийхый-салыстырмалы (тарийхыйҳәмсалыстырмалы).Сондай-ақ: атом-водородлық, буржуазия-демократиялық, геология-географиялық, идеялық-тәрбиялық, лексика-грамматикалық, әдебий-музыкалық, илимий-методикалық, сиясий-массалық, социал-экономикалық, субъектив-объектив, проектлеў-монтажлаўҳәмт.б. усытипкекиреди. Егеркалькаланғанрустилиниңқоспакелбетликлериниңкомпонентлериқарақалпақтилиндеөзарабағыныңқыбайланыстаболса, оларжупсөзболыпесапланбайдыҳәмбирибириненажыратылыпжазылады. Мысалы: научно-исследовательский – илимизертлеў (нении изертлеў), электронно-вычислительный – электронесаплаў (қандайесаплаў).
    Сондай-ақ булл типкетөмендегисөзлер де киреди: бәҳәргиегислик (весенне-полевой), пүткилдүньялықтарийхый, әскерийтехникалық, индуктив актив, тарийхыйәдебий (историко-литературный), мәденийағартыў, әдебийдөретиўшилик (литературно-творческий), әдебийкритикалық (литературно-критический), халықазатлық (народно-освободительный), халықсөйлеў (народно-разговорный), оперативстратегиялық (оперативно-стратегический), парашютлыдесантлық (парашютно-десантный), жазбаәдебий (письменно-литературный), экспрессивсемантикалық (экспрессивно-семантический), электрон есаплаў (электронно-вычислительный), эмоционалобразлы (эмоционально-образный), ядро физикалық (ядерно-физический), жолқурылысы … (дорожно-строительный), системалыфункционаллық (системно-функциональный) ҳәмт.б.
    д) –сыз//-сизсуффиксликелбетлик + -сыз//-сизсуффиксликелбетлик модели: ыңсыз-жыңсыз, қуралсыз-жарақсыз, үнсиз-түнсиз. Бундай жуп келбетликлердиңкөпшилигиөзинедөретиўшитийкарболған жуп атлықларданжасалады: талассыз-тартыссыз (талас-тартыс), даўсыз-жәнжелсиз (даў-жәнжел), үйсиз-үскенесиз (үй-үскене) ҳәмт.б.
    е) келбетлик + уйқассөз модели: гөне-көкси, жаман-жәўтик, жарлы-жақыбай, узын-шубай, мол-молақайҳәмт.б.Мысаллар: Бизиңнемиздиаладыдегенбирли-ярым жарлы-жақыбайүйлерқалыпты (А.Әлиев). Таңқараңғысындакөлдежүргенжекке-жарымжолбарыстанқорқамандесең, бизиңқосқабарыпдемиңди ал (А.Бегимов). Майда-шүйденәрселерушынўақытларын ала бериўгеболмайды (К.Алламбергенов).
    ж) реал мәнигеийеемессөз + реал мәнигеийеемессөз модели: айқыш-уйқыш, гедир-будыр, ебин-жорық, егил-тегил, ызық-сызықҳәмт.б. Мысаллар: Ал олкөлдиңишиндебалықшылардыңсалғанайқыш-уйқышжолы бар (К.Султанов). Олшым-шытырықойларынанқутылыўушынқайтаданатланды (Т.Қайыпбергенов). Туўысқанапаңнанқалғаншым-шырқадайбаллар жат болмасын (Г.Изимбетов).Қалыспай, биразларыныңзәңгилеринежармасып, ортадақыян-кескитөбелесқызды (Т.Қайыпбергенов).
    Олпы-солпыкеңкелген
    Саўлатыңаҳайранман (И.Юсупов).
    Шан-шәўкетлиқарақалпақелинен
    Қардашлықсәлеминалдым да келдим (И.Юсупов).


    Download 2.05 Mb.
    1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   89




    Download 2.05 Mb.

    Bosh sahifa
    Aloqalar

        Bosh sahifa



    Мазмуны: тил ҳӘМ Әдебият бекбергенов Қ. А

    Download 2.05 Mb.