Ертедеги орта әсир қалалары




Download 111,08 Mb.
bet108/154
Sana25.12.2023
Hajmi111,08 Mb.
#128134
1   ...   104   105   106   107   108   109   110   111   ...   154
Bog'liq
O.A.ARXEOLOGIYASI OMK-2022

Ертедеги орта әсир қалаларының бири Зарафшан дарьясы бойындағы Пенжикент есапланады: Қала майданы 9 га Панджикентте А.Ю.Якубовский, М.М.Дьяконов, А.М.Беленицкий ҳ.т.б. археологиялық қазыулар жургизди. Қала әтирапы төрт-щтадель шахристан, рабад ҳәм некропольдан турады. Узак жыллар дауамында жергиликли ҳәким сарайы, цитадель, шахристан, көшелер, сауда орынлары, храм курылысы, қала дийўалларының қалдықлары изертленди.
Пенжикенттиң еки храм дийуаллары эпикалык характердеги суўретлер менен безелген. Бир храмның түслик тәрепиндеги дийуалларда суў қудиретин көрсетиуши тематикалық компазиция болып көбикли толқынларда адамлар, балық, дельфин, теңиз қудайы Нептун үш тисли жабасы менен сәўлеленген. Усы жерде қадимги грек мифологиясындағы Посейдон ҳәм Амфитрит баласын билдириуши Адам денели ҳәм балық куйрықлы қүдиретли теңиз қудайы Тритон, өлини қайғырып жылау көриниси сүўретлери бар. Ортада арнаулы шатырда жатқан марҳумды қайғырып жылаушылар ауыр жоғалтыуды бетлерин тырнап, шашларын жулыу менен билдирмекте. Хаял ҳәм еркеклердиң этникалық белгилери, антропологиялық типлери анык билинеди. VII-VIII әә. Пенжикент дөгереги турк каганатлыгына багынганын есапка алсак, бул көринисте турклерде бар.
Улыума Пенжикентте 50 аслам бөлмелерде дийуалда сууретлер табылған. Олардың көпшилиги эпикалық жанрды сүўретлейди. Айрымлары Фирдаусидиң «Шахнамасы», ҳаяллар үстемлик еткен амазонкалардың еркек-әскерлер менен урысы, қулласы эпос ҳәм фольклор темасы менен катар III-IV әә. Индияның Санскрит әдебиятына тән «Пануатандра» топламындагы қөринислерди жырлайды. Олардың арасында «Рустем нама» циклынан алынган-шикардагы кыз хам жигит, нөкерлерди ерткен әпсана қаҳарманының арыслан баслы, жылан денели, адам коллы, қанатлы аждарҳа менен гуреси ҳәм қанатлы арбада ушып киятырған жин-шайтанларга карсы харекетлери уш катарда салынган сууретлер бар.
1932-жылы Тажикистандагы Муғ таўынан Согда шрифтинде жазылған 80 аслам документ, ағаш, гүлал ыдыслар табылды. Архив жазыулары арасында Согда ҳәкими Дивасти («Дивачтич») аты бар документ тарийхый ўақыяларды тиклеуге жардемлести.
Орта әсир археологиясы жөниндеги бахалы маглыуматты Варахша табылмалары толықтырады. Варахша Бухарадан арқа-батыста 30 км. жайласкан. VII ә. Бухар худадлардың сарайы. Варахша конысы V-X әә. Тийисли. Естеликти 1938-39 жыллары, 1949-1954 жыллары В.А.Шишкин изертледи. Майданы 9 га. Бул тареплери 31х31 м. болған үлкен сарай типиндеги курылыс. Қазыулар ңәтийжесинде араблар дауирине дейинги қурылыслар-цитадель, сарай, храм, кала дийуаллары изертленди. Бухар худатлардың сарайы бөриттирме ойылған нағыслар ҳәм реңли сүўретлер менен безелген.
Саўлатлы «Шығыс» залда патша сарайындағы қабыллаў, «Қызыл» залда аңшылық көриниси түсирилген. Пилде отырған қаҳарманлар жолбарыс, қаплан ҳәм фантастикалық жаниуарларды оққа тутпақта. Олардың арасында қанатлы түйелер де бар. Варахша нағысларында Адам, ҳайўанат келбетлеринен басқа геометриялық ҳәм өсимлик характериндеги көринислер ушырасады. Баҳалы табылмалар қатарына боялған скульптура жатады.
Балалық тепе – кишкене, көлеми 30х30 м. болған естелик. Сурхандарья областындагы Ангор ауылына жақын орналасқан. Арнаулы қурылған дийуаллар қорғанды қоршайды. Ортада квадрат шарбақ байланысқан енсиз бөлмелер менен толықтырылған. Балалық тепе кушли қорған болып сыртқы дийуалларда ок атыу орынлары башня менен беккемленген. Башняға кириу аспа көпир жардеминде болып соң қорғанға барған. Кейин қайта қурыулар жардеминде үлкен зал, жаңа бөлмелер қурылған, залда дөңгелек бийик орында қасийетли от жанған. Жай дийуалларында живопись үлгисиндеги сүўретлер менен безелген. Сүўретлер V-VI әә туўра келеди, бул Орта Азиядағы ең даслепки үлги есапланады. Сүўретте той көриниси болып, қырық жети еркек-ҳаяллар, ыдыс табақлар, кийим үлгилерин сәўлелендиреди. Адамлардың кийимлери, өзлерин тутыўына қарап, оларды еки социаллық категорияға бай ҳәм хызметкерлерге бөледи.
Балалық тепе монументаль живопись сүўрети Варахша менен бирликте Өзбекстан аймағындағы тарийхый-мәдений рауажланыудың жоқары болғанын көрсетеди.
Аджина-Тепе деп аталған естелик қорған-Төбе (Тәжикистан) қаласына жақын 12 км. жайласқан. Естелик Будда монастры сыйыныў орны болған. Көлеми 100х50 м. Аджина-Тепе еки квадрат шарбактан ибарат оның ҳәр биринде зал болған. Ортада Будда ступасы текшее тәризли етип қурылған. Баҳалы табылмалар қатарында үлкенли-кишили Будда ҳәйкеллери, ортада буддизм сюжетлери аркалы қосымша мазмундагы сууретлер менен байыған. Нирван жагдайындағы 12 метрлик будда ҳәйкели қызығыушылық туўдырады. Естелик VII-VIII әсир басларында пайдаланылған. Буддизм темасы Орта Азиядагы баска да естеликлерде ушырасады. Арқа Қырғызстанның Ақ-Бешим естелигинде еки будда храмы изертленген. Оларда ылайдан исленген ҳәйкеллер, алтын жалатқан бронза ҳәйкел дийуалдагы суўретлер ашылған. Шығыс Ферганада Куба қалашасындағы сыйыныу орнында буддизм искусствосына тәң болған Будда денеси, бодисатва (Будхиства, махаяны) басы ҳәм дене мүшелери, жинлер ҳәм тағы басқа көринислердиң үлгилери табылған.
Көрсетилген естеликлерде арнаулы салынган сүўретлер, скульптуралық шығармалар, археологиялық қазыулар ҳәм қайта тиклеулер нәтийжесинде тарийх, искусство илимин жаңа дереклер менен байытады. Ҳәр бир естеликте табылған нагышлы ағаш, қурамалы архитектуралық безеулер археологиялық дереклер болып, бул пәнниң VI-VIII әә. Орта Азия халықларының мәденият тарийхын қайта тиклеуде жәрдеми үлкен. Наршахидиң (Х-ә) көрсетиуинше «араблар көплеп байлықтан», баска руўхый дүнья естеликлерин өртеп қыйратқан, бузган. Қымбат баҳалы металл, тастан, қарыу-жарак, турмыс затлары, зергерлик буйымлары, тумарлар, шийше медальон (Балалық - Тепе), жийек гезлемелер, керамикалық ыдыслар ҳәм тери өнимлери араблардың урыслары ўақтында жоқ болды.
Бурынғы Адам, қаҳарманды, қудайларды жырлаушы жанлы искусство орнына схематикалық орнаментализм-геометриялық, эпиграфиялық нағыс пайда болды.
Ертедеги орта әсирдиң қорған, кала, дехкан жайлары, сарайлар, диний сыйыныу орынлары араблар дауирине дейинги қала дүзими ҳәм оның элементлери жөнинде мағлыуматты толықтырады.



Download 111,08 Mb.
1   ...   104   105   106   107   108   109   110   111   ...   154




Download 111,08 Mb.

Bosh sahifa
Aloqalar

    Bosh sahifa



Ертедеги орта әсир қалалары

Download 111,08 Mb.