Tariyx fakulteti




Download 111,08 Mb.
bet109/154
Sana25.12.2023
Hajmi111,08 Mb.
#128134
1   ...   105   106   107   108   109   110   111   112   ...   154
Bog'liq
O.A.ARXEOLOGIYASI OMK-2022

Уллы жипек жолы
Режеси 
. Орта Азия аймағындағы ең әййемги жоллар.
. Жипек жолы әййемги ҳәм орта әсирлерде.
3. Уллы жипек жолының адамзат тарийхында тутқан орны.

Әдебиятлар



  1. История народов Восточной и Центральной Азии. М., Наука, 1986

  2. На среднеазиатских трассах Шелкового пути. Сб.ст. Т., 1990

  3. Ртвеладзе Э.В. Великий шелковый путь. Энциклопедический справочник. Т., 1999

Уллы жипек жолының пайда болған ўақты елеге шекем анық емес. Оның айырым бөлимлериниң басланған ўақты б.э.ш. III-II әсирлерге туўра келеди. Саўда байланыслары Бадахшан таўларында лазурит ҳәм Яркенд дәрьясының жоқарғы ағысында нефрит кәнлериниң ашылыўы нәтийжесинде келип шықты. Бадахшан лазурити Иран, Месопотамия, Анатолия Египет ҳәм Сирияға алып барылды. Б.э.ш. I м.ж. ортасында Бадахшан лазурити Қытайда пайда болды. Орта Азия ҳәм Орта Шығысты Жер Орта теңизи ҳәм Индия менен байланыстырған Лазурит жолы менен бирге Шығыс Туркстанды Қытай менен байланыстырған Нефрит жолы да өмир сүрди. Тарийхтың атасы Геродоттың жазыўы бойынша жипек жолының және бир бағдары Қара теңиз әтирапынан Дон жағалаўларына, соңынан қубла Урал әтирапы, Иртыш, оннан арман қарай Алтайға шекем барған.
Б.э.ш. VI-V әсирлерде Қытай жипеги басқа еллерге, соның ишинде Батысқа шығарыла баслады. Б.э.ш. V әсирге тийисли Алтайдағы Пауырық қорғанын қазыў пайытында жипек гезлемелер табылды. Жипек гезлемелер сондай-ақ Қубла ҳәм батыс Европада б.э.ш. VI-V әсирлерде жерлеў орынларынан табылды. Б.э.ш. IV әсирде жипек гезлемелер Индияда тарқалды.
Б.э.ш. II әсирдиң ортаынан баслап Уллы Жипек жолы турақлы дипломатиялық ҳәм саўда жолы сыпатында ҳәрекет ете баслады. Оның басланыўы б.э.ш.  жылы Хань пайтахтынан император У Ди тәрепинен князь Чжан Цзян басшылығындағы елшилик кәрўанының Батыс еллерине жиберилиўи менен байланыслы.  жылдан соң Чжан Цзян өз елине қайтып келди. Ол Қытайдың ишки районларынан Орайлық Азияға туўры жол менен биринши мәртебе басып өтти. Оның изинен усы жол бойынша Батыс жипек кәрўанлары, Қытайға Жер Орта теңизи, Жақын ҳәм Орта Шығыс, Орта Азия товарлары тийелген кәрўанлар барды.
Жипек жолы деген түсиник Евразиядағы (Қытай, Индия, Орта ҳәм Жақын Шығыс) әййемги дәўирде ҳәм орта әсирде ен баслы мәденияты раўажланған еллерди байланыстыратуғын жоллардың тутас бирлеспесин аңлатып, ең дәслеп  жылы немец географы К.Рехтгофен тәрепинен енгизилди. Ўақыттың өтиўи менен бул термин (түсиник) кенирек қолланыла баслады ҳәм Евразияның ҳәр қыйлы бөлеклериниң сол дәўирге өз-ара қатнасларын және де кеңирек белгиледи.
Тарийхта б.ә.ш. VI-IV әсирлерде Иран Ахеменийлери салтанаты дәўиринде оның территориясы бойлап шах жолы өткен. Оннан да бурынырақ Орта ҳәм Жақын Шығыста Бадахшах лазуритине болған зәрүрлик лазурит жолының пайда болыўына себеп болған. Бадахшан лазуритлери Еки дәрья аралығы ҳәм Египет патшалары сарайларын, ибадатханаларын безеген, ҳаяллардың ҳәр қыйлы тағыншакларын ислеўде колланылған. Батыс пенен Шығысты бир неше мың жыллар даўамында бир-бирине байланыстырып келген әййемги жоллардан бири - Уллы жипек жолы болып есапланады.
Илимде жипектиң Ўатаны деп Қытай тән алынған. Қытайда жипекшиликтиң дәслеп кен таралған жери Хуанхә дәрьясының төменги алабында жайласқан ҳәзирги Шандун ўәлаяты есапланады. Әййемги Қытайда Сиян шаҳари (Шанси уалияты)нен Батыс меридианал бойлап кеткен жол Жипек жолының басланыў - ноқаты деп тан алынған. Грек авторларының шығармаларында Қытай жипеги арқа Қара тениз районларында ҳәм жақын шығыс мәмлекетлеринде бизиң әрамызға шекем V әсирден баслап ушыраса баслайды. Археологиялық қазыўларға қарағанда, жипекшилик Орта Азияның қубла ўәлаятларында бронза дәўиринен (б.ә.ш. II м.ж. орталарынан) берли бар. Саппалытөбеден табылған жипек гезлемелери Қытайдан әкелинген бе ямаса усы жердиң өзинде жабайы жипек қуртын қолға үйретиў, нәтийжесинде пайда болған ба ҳәзирге шекем бул машқала пайда болып келмекте. Қытайда Хань династиясы дәўирине (б.ә.ш. III әсир) шекем жипекшилик Қытай шенберинде раўажланған.
Орта Азия өз аймағы жайласыўына қарап Қытай жипек буйымларының Кубла-батыс Азия ҳәм Европаға алып барылыўында дәслепки үлке екенлиги себепли тез арада халықаралық жипек саўдасында әҳмийетли орын тута баслайды. Қымбат баха жипек буйымлары Батысқа жеткизип бериўде орайлық азиялық саўдагерлер тийкарғы роль ойнаған. Қытайдың аймағымыз менен байланысларында дәслепки аймақ есапланған Ферғана оазисиниң антик дәўирге тийисли көплеген маканлары кытайдан келтирилген айна буйымлар, ҳәм қытай жипегинен таярланған жипек таўарлар ҳәмде басқа көплеп өнимлер табылғанлығы белгили. Қытайдың у-шу, кайюань тун-бао түриндеги теңгелердиң Ферганадағы маканларда ушырасыўы, бир тәрептен, бул аймақлар арасында тығыз экономикалық байланыслардың болғанлығына дәлийл болса, екинши тәрептен, Хань империясының аймағымызда өз тәсир көлемин кеңейтиў жолында алып барған тығыз сиясий-экономикалық сиясатынан дәлийл болады.
Орайлық Азияның экономикалық - мәдений байланысларының раўажланыўында кушанлар салтанаты айрықша орын тутады. Бул мәмлекет патша Канишка ҳүкимранлығы дәўиринде ири салтанат дәрежесине көтерилип, Әййемги Бактрия жерлеринен басқа Шығыс Түркстаннан Арқа Ҳиндстанға шекем болған үлкен аймақты ҳәм олар арқалы өтиўши саўда жолларын өз бақлаўына алыўға ериседи. Кушан мәмлекети Парфия, Рим империясы, Ҳиндистан ҳәм Қытай менен халықаралық экономикалық, сиясий мүнәсебетлер орнатқан еди. Кытайдың Хань династиясы менен болған байланыслар үлкен әҳмийетке ийе болады. Бул байланыслар әҳмийетин өз-ара елшилик миссиялары алмасыўы арқалы да көремиз. Тийкарынан, Қытай жылнамаларында 230 жылда Кытайдағы Вэй династиясы сарайына кушан ҳүкимдары Васудева тәрепинен жиберилген елшилик миссиясы ҳаққында мағлыўмат сақланып қалынған.
Қытайдың жипек ҳәм басқа ҳәр қыйлы өнимлерин Жер Орта теңизи жағалаўларына жеткерип бериўши тийкарғы транзит жолларының әҳмийетли жөнелислери кушанлар бақлаўындағы аймақлар арқалы өтетуғын еди. Жыл мәўсимлери өзгериўи ҳәм айырым жағдайларда аймақтағы ишки сиясий жағдайға байланыслы жағдайда Уллы жипек жолының айырым жөнелислери хызмети ўақтынша тоқтап қалып, нәтийжеде, оннан басқа жаңа жоллар өзлестириледи. Усындай етип байланыс – саўда жолларының кең тармақлары пайда болды. Ишки сиясий келиспеўшиликлер себепли саўда жоллары жөнелислери өзгерип турғанлығы бизиң эрамыз басларында Кушан мәмлекети ҳәм Парфия мүнәсебетлери мысалында көриўимиз мүмкин. Мәселен, әййемги Қытай дереклеринен болған Хоуханьшу – Киши Хань тарийхында Рим империясы қалаларын Қытай жипеги менен тәмийинлеўде монополияға умтылған Парфия өз аймағынан римли ҳәм қытайлы саўдагерлер өтиўине жол қоймағанлығы ҳаққында мағлыўматлар да бар. Сол себепли Кытай жипегин Рим империясына Парфия бақлаўынандағы аймақларды шетлеп өтиўши саўда жоллары арқалы жеткерип бериў зәрүрлиги пайда болады. Бул саўда жолының төмендеги еки тийкарғы бағдарын көрсетиў мүмкин:
1) Қытай жипеги кушанлар бақлаўында болған Арқа Ҳиндистан аймағы арқалы Ҳиндистандағы саўда портларына, ол жерден теңиз жолы арқалы Жер Орта теңизи мәмлекетлерине жеткерилип берилген. Б.э.ш. I әсирге тийисли Кытай жылнамаларында саўда – сатықты жолға қойыў мақсетинде келген Кашмирлик елшилер ҳаққында, олардың бир жылда бирнеше мәрте келгенлиги ҳаққында сөз жүритиледи. Бул дәўирде Кашмирди Орайлық Азияның таўлы аймақлары менен байланыстырыўшы Қарақурум таў жолынан да кеңирек пайдаланылған. Бул жол арқалы Ҳиндистан – Кытай байланыслары да әмелге асырылған.
2) Кытайдан шыгыс Түркстан арқалы Вахон кыспағы ҳәм Памир таў даванлары (Қаратегин) арқалы Бақтра қаласына, ол жерден Ефрат дарьясының төменги ағысы бойлап Рим империясы аймағына барыўшы қурғақлық жолы.
Жоқарыда айтып өтилген байланыс жоллары хызмети Кытайдың Батыс мәмлекетлери менен мүнәсебетлеринде жетекши орын тутпағанлығы ҳаққында да пикир билдириў мүмкин. Себеби бул бағдардағы жоллар бәлент таў дизбеклери арқалы өтип, олардан тек жаз айларында ғана киши кәрўанлар пайдаланыўы мүмкин еди. Уллы жипек жолының тийкарғы тармақлары болса Орайлық Азияның ишки аймақлары арқалы өтип, аймақтың халық аралық экономикалық мәдений байланыслары раўажланыўына үлкен тәсир көрсетеди.
Келтирилген мағлыўматлардан көринип турыпты, әййемги заманларда жипек өнимлери Қытайдың тийкарғы экспорт өними болып ғана қалмастан, бәлким басқа халықлардан сатып алынатуғын товарлары ушын берилетуғын төлеў қуралы да еди.
Жипек жолы Қытайдың әййемги орайы Сияннан басланып, Ланчжаў арғалы Дунхуанға келеди. Дунхуанда ол екиге айрылады. Жипек жолының қубла-батыс тармағы Тоқла-мәкан саҳрасы арқалы Хотанға, оннан Яркентке келип, Памир таўынын өткеллери арқалы Ваханга, оннан Бактриянын бас қаласы Зариаспқа (Балхқа) келген. Балхта жол үш тармаққа айырылып, оның батыс тармағы Марыға, қубла таpмағы Ҳиндстанға, арқа тармағы Термез арқалы Дарбент ҳәм Самаркандқа қарай кеткен.
Жипек жолының арқа-батыс тармағы болса Дунхуаннан Бами, Кучи, Турфан арқалы, Тарим оазисинде-Кашкарға барған. Оннан Ташқорған арқалы Өзген, Ош, Кува, Ахсикент, оннан Ашт даласы арқалы Хожент, Хамин, Жизаққа соң Самарқанд Наутаха жолы менен бирлескен. Самарқандтан батысқа Дабусияға Малик шөли арқалы Бухара ҳәм Хамитанға, оннан Варахша арқалы Пайкент ҳәм Фарабқа барып Амуль қаласына өткен. Амулда Марыдан Ургенчке қарай Әмиўдәрья бойлап кететуғын жолға косылған. Әййемги ўақытларда Мары қаласы әййемги дәўирлери ҳәр тәрепке кететуғын саўда жоллары тутасатуғын географиялық қолайлықларына байланыслы жипек жолындағы ен ири қала еди. Соның ушын да Марыда жергиликли дин зәрдуштийлик ибадатханаларынан тысқары Ҳиндстаннын Будда, Византияның христиан дүньясының таянышлары бар еди. Әййемги Жипек жолы оған шекем усы зонадан өткен лазурит жолы, шах жолы негизинде Марыдан батысқа қарай үлкен кәрўан саўда жолы болып, Қытай, Ҳиндстан ҳәм Орта Шығыста жақын Шығыс ҳәм жер орта тенизи еллери менен байланыстырып туратуғын еди.
Тарийхый жазба дереклер ҳәм археологиялық материаллардың гуўалық бериўи бойынша, Марыдан батысқа қарай кеткен жипек жолы Тебриз ҳәм Парфия мәмлекетиниң Ниса қаласы арқалы Иранның Гекотомния, Апализхан, Экбатана (Хамадан) қалаларына ҳәм олардан өтип Месопотамияның Ктесофон ҳәм Бағдад қалаларына барған. Оннан Дажла (Тигр) дәрьясының оң жағасын жағалап арқаға кетип, Антиохия арқалы Дамаскка, оннан Тигр ҳәм Қуддус шәҳәрлары арқалы Мысырға өтип кеткен. Мысрдан шыққан арқа жол болса, Амуль арқалы Ургенишке, оннан арқа Каспий бойлары бойлап арқа Кавказға, соң Қара тениздиң арқасында Константинопольға барып, Босфор ҳәм Дарданел арқалы жер орта тенизинен өтип Византия қалаларын аралаған Уллы жипек жолы  мың км. қашықлыққа созылып, суўсыз ҳәм халық жасамайтуғын жерлер, өтип болмас таўлар арқалы өтеди. Кәрўанлар қумлы ҳәм суўсыз саҳралар, аспан менен тирескен таўлар арқалы өткен. Бул жоллардағы ҳәрекетлер тек ғана ен ажайып тозимли ҳайуанлардың бири болған туйе менен болатуғын еди. Жергиликли халық әййемги заманлардан баслап бул жолларда саҳра кемелери. Бактрия породасындағы туйелерден пайдаланды. Бул туйелер  кг. ға шекем жүклерди алып жүрип, күнине  км. жол басып ҳәм он күнлеп суўсыз ҳәм жемсиз жүре алатуғын еди. Карўанда - түйеден ибарат, уш-төрт карўаншылар, бир жол баслаўшы менен-журе беретуғын еди. Жолдың еки тәрепине жақсы шөлкемлескен карўаншылар хызмети бар болған. Ҳәр бир ири оазисте демалатуғын ҳәм түйелерди алмасыў ушын станциялар болды. Елшилер ҳәм мәмлекетлик
тапсырмаларды орынлаўшылар ушын айрықша тезликке ийе ҳайўанларды таярлап қоятуғын еди.
Шығыс Түркистанда ҳеш қандай жол болмағанлықтан, кәрўанның мәнзилге иркилмей барыўы ушын тәжирийбели кәрўанбасы зәрур еди. Ол оазислердиң жайласыўын жақсы билиўи ҳәм суў шығатуғын жерлерге шеберлик пенен кәрўанды жеткериўи керек еди. Бир күнде кәрўаншылар жолдын - км. басып өтиўи зәрур болғанлықтан барлық жоллардағы елатлы пунктлер, почта станциялары ҳәм кәрўан сарайлар да сондай қашықлықта орналасады. Бул жерде дөнгелекли көлик, жолдың болмағаны ушын зәрур емес еди, сонлықтан да жолсыз жерде жүриўге қолайлы болған тийкарғы көлик түйелерден кенирек пайдаланыўға туўра келеди.
Жипек жолы бойлап саўда-сатықта ен баслы таўар жипек еди. Шығыс Түркистан халықлары жипек пенен б.ә.ш. X-III әсирлерде таныс болды. Жипек таўарлар б.ә.ш. IV әсирде Индияға, б.ә.ш. II әсирден Парфияға да тарқалып, сол ўақытларда Жер Орта тенизиниң шығысындағы ен баслы орайы болған Александрияға да барып жетеди. Қытайдан келетуғын жипек таўарларын көплеп алатуғын Рим империясы есапланатуғын еди. Латын китапларында Қытай Серик, ямаса жипек мәмлекети деп аталған. Жипектен таярланған кийимди римлилерден ен биринши кийген император Цезарь (б.ә.ш. - жж) болды. Сол дәўирлерде Римге алып келинетуғын жипеклердиң саны және де өседи. Б.ә.ш. биринши әсирлеринде Римге арнаўлы жипек пенен саўда ислейтуғын базар болған еди. Усы дәўирлерде жипектен тигилген кийимлерди, ҳәтте жәмийеттеги ен төменги қатламдағы адамлар да кийип жүрген.
Жипек жолы Қытайдан батысқа жипекшиликтиң таралыўына тәсирин тийгизеди. Хань императоры, ҳәттеки, наўқан қуртларын сыртқа шығарыўды қадаған еткен, оны тарқатыўшыларды өлим жазасына хүким етиў бойынша қарар шығарған. Бундай қорқытыўларға қарамастан жипекшилик батыс еллерине тарайды. Жипекшилик б.ә.  әсирлеринде Шығыс Түркистан оазисиниң ен шығысында да пайда болады. Соның менен қатар Турфан, Кашғар ҳәм Куч деген жерлерде жипек таўарларын таярлайтуқын устаханалар пайда болады. Жипекшилик мәденияты V әсирде Мервке шекем жетип, ол жерлерден Жипек жолының батыс бөлеги бойлап тарқала баслайды. Орта Азияға тән болған жипек тоқыў (согдия) мектеби қәлиплеседи. Дамаск ҳәм Памирден көп өтпестен-ақ жипекти қайта ислейтуғын устаханалар пайда болады. IV әсирде жаңа мәденият түри Византияға да кирип барады. Император Юстиниан (- жж) ның буйрығы менен Қытайдан бир неше монах тәрепинен наўқан қуртының мәйеклери жасырын жол менен алып келинип, бул жерде де жипекти шығарыў әмелге асырылады.
Жипек жолы арқалы Қытайға ҳәр түрли шерсттен исленген буйымлар алып келинип, қытайлыларға бул үлкен тәсир қалдырды. Әсиресе, гилемлер ҳәм ҳәр қыйлы сүўретлер менен безелген жасалыў буйымлары үлкен баҳа алды. Парфия, Ҳиндстанның гилемлери ҳәм де жамылғышлары, Кушанның гезлемеден исленген буйымлары, Сириянын бес турли бояўлы болған гилемлери, Ферғана ойыпатының тоқылған гилемлери ҳәм гезлемелери Қытай-феодаллары менен ақ сүйеклериниң үйлерин безеди.
Қытайда шийшеден исленген буйымларға болған талап күшли болып, оны б.ә.  әсир басында Сирияда ислеп шығара баслайды. Жипек жолы менен Қытайға шийше ыдысларының  рендеги түрлери (суршыл-қызыл, ақ қара, жасыл-сары, көк, тоқшыл-көк, ренли қызғыш ҳәм нуркур ренли) алып келинеди. Шийше буйымлары шығысқа да әдеттеги жипек жолынан алып келинеди ҳәм де арқа жолы менен Қара тениз бойларында грек колониялары арқалы Хорезм ҳәм сарматлардың қоныс басқан жерлерине шекем алып барылады. Жипек жолы I-VIII әсирлерде бир ўақытта шийше жолы болып та аталады. Қытайға алып барылатуғын шийше ыдыслары өзиниң айрықша сулыўлығы менен айырылып турған, шийше ыдысларын-бәҳәр күнлерине, тазалығын қысқы музға тенлестирип, оның өзине тән болған еркин формалары адамларды таң қалдырады.
Шийше ыдысларын ҳәм буйымларын V әсирден Қытайда ислеп шығарыў жолға қойылады. Батысқа алып барылатуғын жүн ҳәм шийше буйымлаpы жипек жолынан саўда исленетуғын саўда-сатық көлеминиң улыўма төрттен үш бөлегин қурайды. Сонын менен бирге, басқа да өнимлердиң түрлеpи де үлкен орынды ийелейди. Батысқа тоқтаўсыз түрде лак, безениў, фарфор буйымлары жиберилип турады. Шығысқа болса пахта ҳәм қағаз араласпасынан нағышлы ҳәм әшекөйли затлар, темир қураллар, қағазлар жиберилди.
Қытай императорлары жипек жолы арқалы батыста жайласқан еллер менен саўда ҳәм дипломатиялық байланыслар жасаған. Олар өз елшилеринен үлкен саўға-сәлемлер менен Орта Азия, Иран Месопотамия ҳәм Киши Азия мәмлекетлерине жиберген. Мәселен Қытай саяхатшысы Ган Ин жылда Персия қолтығына шекем барып жеткен. Македониялы Май Титиан болса жүз жылда Ланчмодқа шекем жетип барған. ортаазиялылар және иранлылар ҳеш ўақытта Қытай менен Византия ямаса Қытай менен Жақын мәмлекетлери арасында тиккелей саўда байланысларының тиклениўин мәп көрмейтуғын еди. Себеби бул ҳәрекеттиң астында жүдә үлкен әкономикалық сиясат жатар еди. Әсиресе жипек жолы ушын гүрес III әсирден баслап Иран ҳәм Орта Азия арасында өмир ямаса өлим гүреси түсин алған. Бул мәселеде Иран ҳәм Парфия арасында қатан гүреслер болған.
Орта Азия арқалы Қытайдың батысқа өтетуғын саўда кәрўан жоллары мудамы согдлардың бақлаўында болған. Согд саўдагерлери өзлериниң бул жолдағы үстемлигин сақлап қалыў ушын Шығыс Туркстанда. Жетисуўда, Алтайдан Енисей бойларына шекемги аймақларда, Арқа Қытайдың Шанси ўәлаятында, Дунхуан усаған бир қатар қалаларда өз кәрўан сарайларын ҳәм аўылларын қурған. Мәселен Қытайдын Дунхуан қаласында III-VIII әсирлерге тийисли соғд аўылы пайда болған. Академик Л.П. Окладников Лена дәрьясы жағасынан VII-VIII әсирлерге тийисли соғдлылар қойымшылығын таўып изертленген. Соғдлар IV-V әсирлерде пайда болған ҳәм Турфаннан арқа Монғолстанға қарай кеткен уйғыр жолынан да, VIII әсирлерде пайда болған ҳәм Шығыс Түркстаннан Жонғария арқалы Хакасияға барып жеткен қырғыз жолынан да пайдаланған. Әййемги ўақытларда Хотаннан Алтай арқалы Қубла Сибирь еллерине, оннан Лена дәрьясы жағаларына шекем барған нефрит жолы Қытай жипек таўарларының Сибирь үлкелерине де барып жетиўин тәмийинлеген. Бул жоллардын ишинде Дунхуаннан арқа батысқа қарай кеткен жипек айрықша әҳмийетке ийе болып, бул жолдың толық тарийхы Қытай хүкиметине Хан династиясының императоры У Ди ди тәрепинен Шыгыс Туркстан ханларына карсы аўкам излеп Кангуйга жиберилгени Қытай елшиси ҳәм саяхатшысы, сарай офицери Чжан Цянь арқалы мәлим болды. Буған шекем батыс меридионал жолдан тек Хотан нефритин алыў ушын пайдаланған еди. Хотан нефрити Қытайдың орайлық ўалаятларына б.ә.ш. II м.ж. баслап келе баслаған. Нефрит саўдасында юә-чжи қәўим аўқамы негизги дәлдалшы еди. Хань династиясы дәўиринде мине усы нефрит жолы арқалы Шығыс Түркстанның көплеген жипек гезлемелери баратуғын еди. Қытай ушын бул жолды қолға киргизиў әкономикалық зәрүрлик еди. Б.ә.ш.  жылы хунлар юә-чжилерди Хотан, Турфан, Кашғар оазисинен батысқа қуўып шығарып, нефрит жипек жолының бақлаўын өз қолына алады. Олар ҳәтте арқа Қытай жерлерине даўагерлик ете баслайды. Бул жағдай Қытайды сол дәўирдиң қүдиретли мәмлекетлеринен бири болган Кангюйға жақынласыўға ийтермелеген. Мине, усы жағдай себепли император У Ди Чжан Цяньды б.ә.ш. II әсирде Кангюйға жиберген. Кейин Хань императоры У Ди Ферганага (Даванга) коз таслап, б.ә.ш. - жылларда еки мәртебе атланыс жасаўы ҳәм Даванның канатлы дулдуллери нен көбисин қолға алыўға еристи.
Арқа-Батыс жипек жолы тек бир ғана әкономикалық әхмийетке ийе болмастан, соның менен бирге ол диний, мәдений мийрас жетискенликлерин таратыўшы, еллер аралық дипломатиялық байланысты тәмийинлеўши жолда еди. Мәселен, Ҳиндстанның будда дини усы жол менен Қытайга, Орта Азия арқалы кирип келген. IV-VIII әсирлерде Қытайдың сыртқы дүнья менен саўда байланыслары кенейди. Тап усы дәўирде Қытайда буддизм кен тарқалды. Орта Азияның материаллық ҳәм руўхый кәдриятлары кен көлемде Қытайға кирип барды. Ертедеги феодализм дәўиринде Қытайда жипекшиликтиң раўажланғанлығы соншелли, Қытай императорлары жоллаған түркий атлы әскерлерге жипек таўарлардан натурал айлық төлеген. Бул жипеклер арзан баҳада Орта Азияга Согд саудагерлери аркалы кирип барған. Әсиресе Самарканд қаласынын халкы-әййемги согдлар халық аралық саўдада шеберликти үйренген еди. Саудагерлер халық арасында ен абройлы, хурметли адамлар есапланган. Олар тек таўар сататуғын ҳәм соннан пайда алатуғын жәмийеттиң бай катламы есапланбастан, сондай-ак сапарларга үлкен саўда кәрўаны менен баратуғын саўдагер-дипломатлар, илим таратыўшылар, анаў ямаса мынаў аймактан жана жерлерге алдынгы хожалық ойлап табылган жаналықларды апарыўшы абыройлы адамлар еди. Ол бир ўакыттын өзинде өзге еллердин үрп-әдетлери, күш-қудрети, аймаклық жайласыўы, тәбияты ҳәм мәмлекеттин баскарыў системасын терең билиўде оғада кырағы мәмлекет жансызлары ўазыйпасын да аткаратуғын еди. Мәмлекет басшылары олардын баклаў шеберлиги ҳәм берген маглыўматлары негизинде оз сырткы сиясатларын жобаластырар еди. Бундай үлкен ҳәм зәрурий ислер мине усы сауда кәрўан жоллары себепли иске асырылатуғын еди.
Жипек жолы менен сауда ислеудин он бес әсирлик баслы жуўмағынын нәтийжесинде руўхый ҳәм материаллық мәденияттың өз-ара алмасыўы да болып, Евразиядағы халықлар мәдениятына шешиўши турде тасир етеди. Орта Азиядағы өнерментлер қытайлылардан алтын ҳәм гумистен ыдыслар ислеў искусствосын уйренип, олар бул жерлерге кудыкты бурандалап казыу техникасын да алып келеди. Өз гезегинде қытайлылар болса, бул жерлердеги жузимшилик ҳәм жонышкашылықты кайта ислеў искусствосын уйренеди, Хорезм, Согдиана (Зарафшан ойпаты) ҳәм Фергана усы жипек жолы тәсиринде ен улгили сауда орайлары болып жетисти. Жипек жолы Орта Азиядағы азык-аукатлық ушын колланған атлар ҳәм жемислерди жетистирип бериўди рауажландырады. Фергана ойпатындағы мийўе өнимин жетистириў, әсиресе, жузим ҳәм пахташылықты осириуде суўгарыу ислери және кенейтиледи, қалалардағы өнерментлер тезлик пенен металл буйымларын ҳәм жипек гезлемелерин ислеп шыгарыуды шыгыстан уйренсе, шийше ҳәм кагаз буйымларын ислеп шыгарыуды батыстан уйренди.
Эфталитлер дәўиринде Қубла Согдының (Қашқадәрья алабы) сиясий ҳәм экономикалық абырайы әдеўир артады. Төменги Қашқадәрьядағы Нахшаб қаласының Эфталитлер ҳүкимдарының резиденцияларынан бири болғанлығы, Кеш қаласы белгили бир мүддетте пүткил Согдының пайтахтына айланғаны ҳәм ең әҳмийетли, аймақ арқалы әййемнен Ферғана алабы, Ташкент ҳәм Самарқанд Согдыдан Қубла шығыс Иран, Афганстан ҳәм Ҳиндстандағы саўда қалаларына алып барыўшы жоллар өткенлиги Қубла Согдының Орайлық Азияның ишки ҳәм сыртқы байланысларында үлкен әҳмийетке ийе болыўына алып келген. Самарқандттан қублаға кететуғын тийкарғы жоллардың бир бағдары ҳәзирги Көкдала далаңлықлары ҳәм Қоңыртаўдың жанбаўырлары арқалы өткен. Бул аймақта ерте орта әсирлерде отырықшы мәканлар да ушырасып, тийкарынан көшпели шарўа қәўимлердиң аўыллық қоныслары ҳәм қудықлар бар болып, олар Самарқанд-Нахшаб жолының әҳмийетли бандиргилери сыпатында да үлкен әҳмийетке ийе еди. Соның менен бирге, бул аймақтағы әййемги жолларды үйрениў даўамында топлаған мағлыўматларымыз Самарқанд-Нахшаб аралығындағы далаңлықларда, ерте орта әсирлерде-ақ ири бекинислер көринисиндеги қорғанлар пайда болғанлығын көрсетпекте. Бунда мысал ретинде Көкдаладан 20 км. батыста жайласқан Хазабуқа ҳәм Көктөбе естеликлерин көрсетиў мүмкин. Бул естеликлер көрип шығып атырған дәўирде жергиликли шарўалардың аўыллық қоныслары ҳәм Самарқанд-Нахшаб саўда жолының әҳмийетли бандиргилери сыпатында да үлкен әҳмийетке ийе болған.
Самарқанд ҳәм Бухарадан келиўши жоллар төменги Қашқадәрьяның ең ири қаласы Нахшабқа тутасып, бул жерден Әмиўдәрьяның орта ағысындағы өткеллерге (Келиф, Керки, Бурдалиқ) ямаса Субах – Хузар – Темир Дәрўаза арқалы Термезге шекем барған. Бул дәўирге тийисли қытай жылнамаларында (Бэйши) бул қала Ношеболо сыпатында атап өтилген. Ҳәзирги пайытта Ғузор районы аймағында алып барылып атырған археологиялық изертлеўлер нәтийжесинде Гузор дәрьяның оң жағалаўында Қашқадәрьяға қуятуғын орыннан 7-8 км узақлықта Жалпақтөбе естелиги табылып ашылмақта. Согдиананың әҳмийетли саўда жоллары кесиспесинде жайласқан (Самарқанд – Кеш – Субах ҳәм де Бухара – Нахшаб –Субах – Ақрабат – Темир Дәрўаза – Термез) бул естелик эрамыздан бурынғы I әсир – эрамыздың VIII әсирлеринде ҳәзирги Ғузор районының ири админстративлик ҳәм саўда орайы болған ҳәм Согдиананың ишки саўда-экономикалық байланысларында үлкен орын ийелеген.
Ерте орта әсирлерде, соның ишинде Түрк хақанлығы дәўиринде Кеш қаласының да экономикалық-сиясий әҳмийети әдеўир артқанлығын көремиз. Кеш қаласы VII әсир Қытай дереклеринде (Таншу) Ши, Кюйша сыяқлы атамалар менен атап өтиледи. Кеш атамасы болса жергиликли ҳүкимдарлар (Ахурпат, Ихрид ҳәм басқалар) атынан басып шығарылған теңгелерде ушырасады. Еерте орта әсирлерде Кеш белгили бир ўақыт (VII әсир орталарында) Согд конфедерациясында жетекшилик орынға шығып алған болып, Қытай менен сиясий-экономикалық ҳәм мәдений байланыслар орнатылыўы да буны дәлийллейди. Кеш қаласының раўажланыўында аймақ арқалы өткен әҳмийетли саўда жоллары, соның ишинде Ферғана, Чач алабы ҳәм Самарқандтан Ақрабат ҳәм де Темир Дәрўаза арқалы Тохарстанға алып барыўшы жол үлкен орын тутатуғын еди. Ерте орта әсирлерде Кештен Хисор таўлары арқалы Тохарстанға алып барыўшы таў жоллары (Тасқорған, Келтеминар бийикликлери) нен пайдаланыў әдеўир жеделлести. Қытай дереклеринде Согдиана ҳәм Тохарстан шегарасында жайласқан «Темир Дәрўаза» ҳаққында келтирилген мағлыўмат ҳәм Хисор таўы бийикликлери арқалы өткен жоллар хызметинен дерек береди. Улыўма алғанда, Қашқадәрья алабы арқалы өткен саўда жоллары, тек Согдиананың ғана емес, соның менен бирге, аймақтың көрип шығып атырған дәўирдеги ишки ҳәм сыртқы экономикалық-мәдений байланысларында әҳмийетли орын тутқан.
Согдианадан қублаға өтетуғын жоллар ерте орта әсирлерде Тохарстан атамасы менен атала баслаған Сурхан алабы ҳәм Қубла Тажикстан аймақлары арқалы өткен. Бул дәўирде Согдыдан Темир Дәрўаза арқалы Сурхан алабына өткен Қытай саяхатшысы, будда монахы күнделик дәптеринде Тохарстандағы қалалардың кәрўан жолларында , саўда байланысларында тутқан орны ҳаққында әҳмийетли мағлыўматлар бар. Бул бойынша, Чагинян (Будрач естелиги) ҳәм Термез қалалары Сурхан алабының ири саўда орайлары болған.
Бул дәўирде Хорезм үлкеси Афригийлер мәмлекети қурамында болып, пайтахт Кат қаласы Әмиўдәрья суў жолы ҳәм Согдианадан Византияға барыўшы кәрўан жолы өткен ири саўда қаласы еди. Үлкениң басқа қала ҳәм кәрўан жоллары бойында жайласқан ири аўыллары ҳәм аймақтың экономикалық-мәдений байланысларында өз орнына ийе болған.
Ерте орта әсирлерде аймағымызда Уструшана атын алған және бир тарийхый-мәдений ўалаят қәлиплести. Айырым қәнигелер булл ўалаяттың ең әййемги атамасын Сутрушана сыпатында атап өтеди. Ерте орта әсир Қытай дереклеринде бул ўалаят «Шығыс Цао» деп аталып, және оның Уструшанаға жақынлаў болған Шуайдушана, Судуйшана, Судушини сыяқлы атамалары да атап өтилген. Самарқандтан Ферғана ҳәм Чачқа кететуғын әҳмийетли саўда жоллары булл ўалаяттың көплеген қала ҳәм аўыллары арқалы, бурынғы дәўирлерде пайда болған бағдарлар бойлап өткен.
Ерте орта әсирлерде Чач алабы да аймақтың ишки ҳәм сыртқы экономикалық-мәдений байланысларында үлкен орын тутатуғын еди. Бул дәўирде Чачта 32 жаңа қала болып, олардың көпшилиги жаңа қалалар еди. Бул дәўирге тийисли Қытай дереклеринде Чач алабы Ши ямаса Чжеси қаласы екенлиги, оның қубла-шығысында жайласқан таўларда мерўерт тасы бар екенлиги атап өтиледи. Бул үлке арқалы көрип шығып атырған дәўирде аймақтың шығыс (Ферғана алабы) ҳәм арқа далаңлық аймақларынан Әмиўдәрья кешиўине қарай кетиўши жоллар өткен. Чач алабы арқасындағы дала шарўалары ҳәм Сибир ҳәм де Қытай менен байланысларда да тийкарғы орын ийелеген аймақлардан бири еди.
Ферғана алабының да ерте орта әсирлерде аймағымыздың ишки ҳәм сыртқы экономикалық-мәдений байланысларында әҳмийети үлкен еди. Үлкеде жайласқан ири қалалар аймақ көлеминде де, аймақтың сыртқы байланысларында да ири саўда орайларынан болған.
Улыўма алғанда, аймақтағы ерте орта әсирлер ишки саўда жоллары сыртқы саўда жолларының, Уллы жипек жолының әҳмийетли тармақлары болған. Ерте орта әсирлерге келип, Орта Азия аймағы арқалы өткен транзит саўда жоллары системасында әҳмийетли өзгерислер жүз берди. Әййемги дәўир ҳәм антик дәўирде қәлиплескен транзит саўда жолларының айырым бағдарлары өз әҳмийетин жоғалтты, олардың орнына бар социаллық-сиясий жағдайға байланыслы болған халыкаралық транзит саўда жолларының жаңа тармақлары пайда болды.
Әййемги дәўирде-ақ Орта Азия, соның ишинде Өзбекистанның Ҳиндстан, Қытай, Кавказ, Қара теңиз бойлары мәмлекетлери менен байланыстырыўшы қурғақлық ҳәм суў жоллары қәлиплесип болған еди. Бул дәўирде Шығыс ҳәм Батысты байланыстырған үш тийкарғы трансаймақлық жол болған. Бириншиси, қубла, яғный суў жолы болып Мысырдан Ҳиндстанға, ол жерден Қубла-шығыс Азия мәмлекетлерине өткен. Екинши жол болса Римнен басланып Жер Орта теңизи арқалы Сирия қаласы Гиерополға, ол жерден Месопотамия, Арқа Иран, Орта Азия арқалы Шығыс Түркстан ҳәм Қытайға барған. Өрта Азияның орайлық ўалаятларынан Бақтрияға, Тохаристан, Ҳиндстанға ҳәм керисинше, Ҳиндстаннан Бақтрия, Согд, Чач ҳәм Бухара саўда кәрўанлары ушын тийкарғы жол Шерабад, Дарбент аўылы ҳәм Темир Дәрўаза арқалы Ақрабатқа алып баратуғын еди. Үшиншиси, арқа жол, Хан жылнамалары бойынша, Тян-Шаннның қубла жағалаўы, Ферғана алабы ҳәм Орта Азия еки дәрья аралығынан төменги Волгаға өткен.
Ерте орта әсирлерде Орта Азияның халықаралық байланысларында тийкарғы орынды Қытай ийелейди. V әсирдиң ақыры VI әсир басларында Орта Азиядан тысқары Шығыс Түркстаннан Турфан (479 ж.), Урумчи (490-497 жж.), Кашгар ҳәм Қарашәҳәр (497-507 жж.) ҳәм де Тохаристанның қубласы ҳәм Ҳиндстанның арқа бөлимлери де Эфталитлер мәмлекети қурамына кирди. Усылайынша, Эфталитлер Уллы жипек жолының Қытайдан Орайлық Азия аймағы арқалы Ирандағы Сасанийлер мәмлекети ҳәм Византия империясына баратуғын тийкарғы саўда жоллары үстинен өз қадағалаўларын орнатты.
Алтыншы әсирдин екинши ярымынан баслап Турк салтанаты Орта Азия ҳәм жакын шыгыста, шыгыс туркстанда жипек жолын кадагалауды оз колына алды. Хәтте турк хаканлары ордасынан (Жетисуўдан) ҳәм әййемги Хорезмнен Кара тениз жагаларына карай кеткен жана сауда жолларын да кадагалаўды да оз колына алады.
Согдылардың Шығыска қонысласыўы э.ш. I әсирде басланған болыўы мүмкин. Усы ўақыттан баслап Уллы жипек жолы трассасы бойынша турақлы жол қатнасы ашылды.
Соңынан согд колониялары шығыс бөлимниң барлық бағдарларында пайда болды ҳәм IX - X әсирлерге шекем өмир сүрди. Согдылардың үлкен колониялары Чаньан, Ланчжоу, Дуньхуан сыяқлы Қытайдың ири қалаларында пайда болды. Дунхуанның өзинде IV әсир басларында 1000 адам әтирапында Согд жәмәәтлери жасаған.
Согдылар Қытай арқалы Монголия ҳәм Қубла Сибирге барып жеткен. Алтай ҳәм Байкал әтирапларынан келип шығысы согдыларға тийисли көплеген буйымлар табылды. Олар Корея ҳәм Японияда болған болыўы да мүмкин. Бул ҳаққында туўрыдан туўры мағлыўматлар жоқ. Бул еллер Согд ҳәм оның пайтахты Самарқандтты жақсы билген. Буны Афрасиаб қалашасындағы сарай имаратын қазған пайытлары табылған сүўретлер дәлийллейди. Олар ҳәр қыйлы еллерден Согд ихшиди Вархуманға (696 ж.) келген елшилерди сәўлелендирген. Бундай дийўаллардың биринде Япония ямаса Кореядан келген елшилик сүўретленген.
Согдылардың Уллы жипек жолын өзлестириўи менен байланыслы қызығарлы естелклерден бири «Ески хатлар» деп аталған мағлыўматлар болып табылады. Бул хатлар согд тилинде жазылған болып, англиялы изертлеўши А.Стейн тәрепинен 1907 ж. Уллы Қытай дийўалына жақын жерде Дуньхуан қаласының батысынан табылған.
«Ески хатлар»дың жэазылған ўақты илимде тартыслы мәселе болып қалмақта. А. Стейн оны II әсирге тийисли деп есаплады. Вальтер Хеннинг хатларды тарийхый мағлыўматлар менен салыстырып, ол 312-313 жж. жазылған деген жуўмаққа келди. Хатлардың биринде хуннлардың Қытай пайтахты Лоянды басып алыўы менен байланыслы ўақыялар баян етилген. Хеннинг тәрепинен усыныс етилген сәне көпшилик алымлар тәрепинен мақулланбақта.



Download 111,08 Mb.
1   ...   105   106   107   108   109   110   111   112   ...   154




Download 111,08 Mb.