• Пайкенд сауда қаласы
  • Buxaraniń orta ásriler qala madeniyati




    Download 111,08 Mb.
    bet113/154
    Sana25.12.2023
    Hajmi111,08 Mb.
    #128134
    1   ...   109   110   111   112   113   114   115   116   ...   154
    Bog'liq
    O.A.ARXEOLOGIYASI OMK-2022

    Buxaraniń orta ásriler qala madeniyati


    Реже:

    1. Пайкенд қаласы.

    2. Варахша қаласы

    3. Қала хаққында жазба хам археологиялық мағлыуматлар.

    Бухара оазисинде ертедеги калалардың бири Пайкенд, майданы 45 га. Естеликти А.Ю.Якубовский, А.Р.Мухаммеджанов, Ш.Т.Адылов, Д.К.Мырзаахмедовлар изертлеген. Естелик созылған бес муйешлик тәризли. Қала цитадель (кухандиз) яки шахристан, рабадлардан турады. Қаланың ертеде некрополы болған, оның қалдығы оссуария ҳәм хумларга көмилген сүйеклер жәрдеминде изертленди. Пайкенд сауда қаласы. Изертлеўлер ўақтында Қытайдың Тан, сасаний, омеяд, аббасид, саманийлер, караханид, ғазневийлер тенгелери табылған. Сондай-ақ бул жерде илим ҳам мәденият раўажланған. Археологиялық қазыўлар ўақтында гүлал, шийше сазлық, тас, бронза ҳам химия өндириси устаханалары изертленди.


    Орайлық Азиядағы әййемги қаланың бири - Бухара. Бул қала Батыс Согдадағы сауда жолындагы биринши сауда, өнерментшилик қаласы. Ол ерте орта әсирде яғный VII-ә. Бухар худатлар, IX-X­-әә. Саманидлер, XVI-ә, Шейбанидлер, соң Аштарханидлер ҳам Бухара ханлығы пайтахты болған.
    Бухара ҳам оның әтрапында қалиплескен археологиялық естеликлерди изертлеў А. Мухамеджанов, Е. Некрасова, М. Торебеков, Ж. Мырзаахмедов, Г.Семенов, Ш.Адылов ҳам тағы басқалар аты менен байланыслы. Бухарадағы архитектуралық курлыслар Г. Пугаченкова, Н. Немцева, А. Манковская тәрепинен изертленген.
    Бухарада қадимги мәдений қатлам б.э.ш. V-IV-әә. қалиплескен. Бухара Х-әсир ақырынан баслап Орта Азиядағы үлкен қаланың бири. 1997-ж. октябрь айында Бухараның 2500 жыллық сәнеси белгиленди. Ерте орта әсирдеги қала қурлысларын Ал Истахри, Ибн Хаукаль ал-Макдиси қаланың медина кухендиз, Жума мешити, базарлары ҳам тағы баска қурылыслары ҳақкында жазады. Қаланын көлеми әсирлер дауамында кеңейип барган. VIII-ә. квадрат формадағы тәреплери 33-35, Х-ә. 170-га, кейин 400 га ға жеткен. Қала майданының кеңейиўи, көшелердин кеңлиги ҳам багдарларын өзгерткен. Усы себепли кала дәруазаларының саны 11 ге дейин жеткен. Наршахи қала топографиясын тәрийиплеп жазған. Онда шахристан, христиан ширкеуи, Бану Ханзада мешити, көшелер, дәрўазалар, минары ҳам тағы басқа да орынларды атайды1. Ол Бухара әтирапында 700 рустак-қорған бар, оны бай саўдагерлер, каш-кушанлар қурған деп жазады.
    Бухаранын өсиуи Саманидлер дауиринде болған. Саманидлер мавзолейи куб тәризли қурылып төбеси купол менен жабылған.
    Бухара қаласының өсиуи оның әтрапындағы ауыл қоныслары, кала мәденияты излери менен тығыз байланыслы. XX-XXI –әә. археологияық изертлеўлер нәтийжесинде көплеген ерте орта әсир қала естеликлери изертленди.
    Олардан Бухара Соғдасындагы ири қалалардың бири Пайкент, Варахша, Фараб усаған саўда өнерментшилик орайлары болды.
    Бухара оазисиндеги ерте орта әсир қала мәдениятының және бир естелиги Варахша есапланады. Бул естеликти изертлеу В.А. Шишкин аты менен байланыслы. Варахша Бухарадан арқа-батыста 30 км жайласқан. VII ­ә. Бухар худадлардың сарайы. Варахша қонысы V-X-әә. тийисли. Естеликти 1938-1939-жж. ҳам урыстан соңғы жыллары (1949-1954 – жж.) В.А.Шишкин изертледи. Майданы 9 га. Бул тәреплери 31x31 м. болған улкен сарай типиндеги қурылыслар : цитадель, сарай, храм, қала дийуаллары изертленди. Бухар худатлардың сарайы бөриттирме ойылған нағыслар ҳам реңли суўретлер менен безелген. Дийўалдағы көринислер хаузда қалқыған водоросль, балықлар, ақ пиллерге отырған батырлардың ақ, сары грифон ҳам арысланлар менен урысы көрсетилген.
    Варахшада жергиликли хакимлер - бухар-худатлар сарайы, жайлар, дийуаллар изертленген. Дәслеп қала дийуалы V-ә. қурылған (41х25х9 см гербиштен). Негизи 3,5 м, жоқарысы 2 м. Кейин футляр (гербиш) арқалы-ени төменде 10 м. жоқарыда 2 м. Футляр дийуалға вертикаль тик жар бар. Жаңа жамау комбинациялық усылда (гербиш пахса). Улыума қураўдың нәтийжесинде дийуал негизи – 7,5 м жеткен. Дийуаллар 30 метрден. жайласқан башня (төрт мүйешли) жәрдеминде беккемленген2.
    Саулатлы «Шығыс» залда патша сарайындағы қабыллау, «Қызыл» залда аңшылық көриниси тусирилген. Пилде отырған қаҳарманлар жолбарыс, қаплан ҳам фантастикалық жаниўарларды оққа тутпақта. Олардың арасында қанатлы туйелер де бар. Варахша нағысларында адам, ҳайуанат келбетлеринен басқа геометриялық ҳәм өсимлик характериндеги көринислер ушрасады. Баҳалы табылмалар қатарына боялған скульптура жатады.
    Бул қалалар Уллы Жипек жолы арқалы Мавераннахр, Жақын Шығыс, Хорезм елатлары менен тутасты. Бухарадан белгили занданачи гезлемеси Шығыс Европа, Жақын Шығыс еллерине алып барылған.



    Download 111,08 Mb.
    1   ...   109   110   111   112   113   114   115   116   ...   154




    Download 111,08 Mb.

    Bosh sahifa
    Aloqalar

        Bosh sahifa



    Buxaraniń orta ásriler qala madeniyati

    Download 111,08 Mb.